Статья:

Қарақалпақ халқының бақсы жыраў өнериниң раўажланыўы ҳәм олардың устаз шәкирт жоллары

Журнал: Научный журнал «Студенческий форум» выпуск №21(114)

Рубрика: Культурология

Выходные данные
Нуратдинова Д.Е., Надырова А.Б. Қарақалпақ халқының бақсы жыраў өнериниң раўажланыўы ҳәм олардың устаз шәкирт жоллары // Студенческий форум: электрон. научн. журн. 2020. № 21(114). URL: https://nauchforum.ru/journal/stud/114/73480 (дата обращения: 12.11.2024).
Журнал опубликован
Мне нравится
на печатьскачать .pdfподелиться

Қарақалпақ халқының бақсы жыраў өнериниң раўажланыўы ҳәм олардың устаз шәкирт жоллары

Нуратдинова Динара Елубай қызы
студенти Әжинияз атындағы НМПИ
Надырова Айгул Базарбаевна
Әжинияз атындағы НМПИ Педагогика факультети доценти, Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен артистка

 

Классикалық музыка – шебер сәзенделер, қосықшылар, мақомшылар, бақсы-жыраўлар дөреткен мақомлар, дәстан намалары, көлемли қосық (ашула)ларды өз ишине алады. Әдетте олар «миллий классикалық музыка», ямаса «аўыз-еки профессионал музыка» деп аталады.

Қарақалпақ халқының музыка мәденияты өзиниң узақ тарийхына ийе. Халыққа терең мазмунлы сазларын, қосықларын, дәстанларын жыраў, бақсыларының атқарыўында бизиң дәўиримизге жеткерип берген.

Музыка тараўында атқарыўшылардың тутқан орны айырықша. Қарақалпақ халқының намаларын сақлап қалыў, оны миллий ырғақлар менен байытыў, раўажландырыўдай машақатлы исте олардың мийнетлери оғада уллы. Қарақалпақ халқы атқарыўшыларының ишинде жыраўшылық ертеден басланып, қобыз жәрдеминде халқымыздың миллий мийрасларын, аўызеки әдебиятымызды көркем-өнеримизди келешек әўладқа жеткерип бериўде хызмет етип келген. Халық жыршыларының ең ески заманлардан берли киятырған биринши түри жыраў болады.

Қарақалпақларда жыраўлар үлкен хүрметке ийе болып, оның дөретиўшилиги көркем өнерде айырықша орынды ийелейди. Олар халықтың ул-қызларының Ўатанға болған сўйиспеншилигин, пидәйылық, ерлик, азаматлық, батырлық ислерин көркем сөз бенен тәрийплеген ҳәм дөретиўшилик мийрасларын өзлеринен кейин шәкирт қалдырыў дәстурине муўапық, оларға ўйретип киятыр. Жыраўшылық өнери  қарақалпақларда күтә ески дәүирлерден берли киятырған болып, бақсышылық өнеринен бурын пайда болған, халық пенен бирге әсирлер бойы өмир сурген.

Әдетте жыраўлар өзлери қобыз әсбабын шертип, бизиң миллийлигимизге тән тамақтан айтылатуғын даўыс пенен термелер, дәстанлар айтқан. Термелер негизинен нәсият қосықларынан ибарат болған. Ол дәстанлардан «Едиге», «Алпамыс», «Қырық қыз» ҳәм тағы басқаларды айтыўға болады. Жыраў сөзи «жыр» деген сөзден келип шығып, бул «эпос» деген мәнини аңлатады. Жыраўшылықтың тийкарын салған, халқ аўзында аты аңызға айланған жыраўлар Соппаслы Сыпыра жыраў менен Қорқыт аталардан баслап, олардың изин басыўшы шәкиртлеринен: Шанкөт, Жийен, Нурабулла, Қурбанбай, Есемурат, Ерполат, Өгиз, Қияс, Жанназар жыраўлар ҳәм тағы басқа даўамшылары тарийхта мәълим. Жыраўлардың атқарып журген дәстанларынан: «Қоблан», «Алпамыс», «Қырқ қыз», «Ерқосай», «Әжигрей», «Жаңадил» ҳ.т.б. көплеген дәстанлар халықтың сўйип тыңлайтуғын дәстанларынан болып есапланады.

Халық ишинде қосық айтыўшылардың екинши түри- бақсылар. Оның шертетуғын әсбабы дуўтар. Қарақалпақлар арасында бақсышылық жыраўларға қарағанда соңлаў тараған болса керек. Қарақалпақ бақсышылық өнери- қарақалпақ халқының ески тарийхының усы күнге шекем жетип келиўине себепши болған, музыка мәдениятында өзлериниң талантлы, талпыныўшылығы, дөретиў шеберлигиниң байлығы менен айырықша көзге тускен инсәнлардың машақатлы тараўы. Орта Азия, Закавказия ҳ.т.б. қоңсылас еллерде дәстанларды яд етип атқарыўы, ҳәр бир халықтың өз миллийлигин танытыўдай мийнетлери менен хүрметке бөленген тараў ийелери бақсылар болып табылады. Жоқарыда айтып өткенимиздей бақсылар тек қарақалпақ халқында ғана емес, ал, басқа да халықларда айырықша хүрметке ийе.

Ҳәзирги ўақытта қарақалпақ жыраў, бақсыларынан жазып алған дәстанлардың саны елиўден аслам ҳәм олар бир неше вариантлардан ибарат. Бугинги күни «Алпамыс» дәстанының сегиз, «Қоблан» дәстанының жети, «Қырық қыз» дәстанының еки, «Мәспатша» дәстанының бес, ал «Едиге», «Ер Шора» дәстанларының онлаған варианты бар. Жыраўлардың атқарып журген дәстанларынан: «Қоблан», «Алпамыс», «Қырқ қыз», «Ерқосай», «Әжигрей», «Жаңадил» ҳ.т.б. көплеген дәстанлар халықтың суйип тыңлайтуқын дәстанларынан болып есапланады.

Әсиресе, белгили қарақалпақ халық жыраўлары Қурбанбай Тәжибаев атқарған жигирмаға жақын халық дәстанлары, ал Қыяс Қайратдинов атқарған он бестен аслам халық дәстанлары жазып алынды. Бул дәстанлардың ҳәр қайсысы 3000 нан 25000 қосық қатарынан ибарат. Бул жыраўлардың репертуарындағы дәстанлардың басым көпшилиги қарақалпақ фольклорының көп томлығынан орын алып отыр. Булардан басқа қарақалпақ жыраў, бақсышылық өнеринде 120 дан аслам сөз зергерлериниң аты белгили. Бул бәринен бурын қарақалпақ халқының көркем сөз бенен нақышлы сазға бай халық екенлигин дәлиллейди.

Әсирлер даўамында шәкирт таярлаў жолы «устаз-шәкирт» дәстурлери тийкарында раўажланған. Себеби, қандай да бир өнерди мәнгилестириў ҳәм оны келешек әўладқа жеткерип бериўде устаздың орны уллы. Жыраўшылық өнеринде де бул дәстур тийкарында шәкиртлер таярланып, бул бир қанша өзгешеликлерге ийе. Халықтың үрип-әдетлерин, дәстурлерин, сондай-ақ, салт-дәстур жырларын, тарийхын өзине қамтыў арқалы жыраўдың репертуары байып, дөретиўшилик жолы қәлиплескен. Ҳәр бир атақлы жыраў өзиниң атқарыўшылық, сәзенделик шеберлигине, сөзге шешенлигине, хат саўатқанлығына, тәжрийбесине ийе болғаннан соң шәкиртлер жетилистирип шығарған. Шәкиртлер арқалы жыраўлардың дөретиўшилик жолы раўажланып, олардың ислеген мийнетлери халыққа  жетип барған. Яғный, ҳәр бир жыраўдың атқарған шығармасының варианты әўладтан-әўладқа умытылмай жетип келиўинде шәкиртлер хызмет еткен. Жыраўшылық өнерин таңлап, жыраў болыўды қәлеген ҳәр бир шәкирт өзине дөретиўшилиги  кең, репертуары бай, айтқыш, ел арасында ҳүрметке ийе болған устазларға шәкирт болыўға талпынған болса, өз нәўбетинде устаз жыраўлар да жыраўшылық өнерине ҳәр тәреплеме қәбилети бар, инталы шәкиртлери сайлаў мумкиншилигине ийе болған.

Устаз жыраў болажақ шәкиртлерине жыраўшылық сырларын ўйретиў менен бир қатарда, оның менен бирге тәрбиялық жумысларын да алып барған. Яғный, шәкирт мәлим бир ўақыт даўамында устазының изине ерип, оның хызметин ислеген, керек болса оның ўй-хожалық жумысларын да орынлаған. Усы арқалы устаз өз шәкиртиниң аяқ-хожалық жумысларын да орынлаған. Усы арқалы устаз өз шәкиртиниң аяқ алысын, сабырлылығын, ең баслысы, өнер ўйрениўге болған умтылысын ҳәм сынап, ҳәм бахалап барған. Шәкирт усындай сынаўлардан өткеннен соң, устаз жыраў өз шәкиртине жыраўшылық өнериниң өзине тән жолларын, репертуарларын әсте-ақырынлық пенен уйрете баслаған. Болажақ жыраўлардың дөретиўшилиги даўамындағы ең бир əхмийетке ийе болған умытылмас уақия-бул устаз шәкиртине қобыз саўға етиўи, ямаса, устазлардан ата мийрас болып киятырған қобызын сый қылып тапсырыўы болып есапланады. Дәстурге айланған бул уақия жыйылған халық алдында салтанатлы түрде өткерилген. Соннан соң устаз шәкиртине қобыз шериўди уйрете баслаған ҳәм кишигирим той-тамашаларда дәстанлардан үзиндилер, қысқа терме-толғаўларды жырлата баслаған. Усындай сынақларанда халық елегинен өткеннен соң, устаз шәкиртине дәстан жырлаўға рухсат берген. Ал, оннан алдын шәкирт дәстан жырлаў хықуқына ийе болмаған. Жыраўшылық өнери менен бир қатарда қарақалпақ бақсылары ҳәм қыссаханларының шәкирт таярлаў усыллары да усы тәризде болып келген.

 

Пайдаланылған әдебиятлар:
1. Қалбай Мамбетназаров, Қарақалпақ аўыз еки халық дөретпелери, «Билим» -1996
2. Қабыл Мақсетов, Қарақалпақ жыраў бақсылары, «Қарақалпақстан» баспасы Нөкис-1983
3. Қаллы Айымбетов, Халық даналығы, «Қарақалпақстан» баспасы Нөкис-1968ж
4. Айгул Надырова, Қарақалпақ музыка тарийхы, «Sano-standart» баспасы Ташкент-2018  
5. www.Ziyonet.uz